16-сентябрь –БМШ Бас Ассамблеясының 1994-жылғы арнаўлы резолюция менен «Халықаралық озон қатламын қорғаў күни» деп жәрияланған.
16-сентябрь деп бийкарға белгиленбеген, себеби усы күни озон қатламын жемириўши элементлер бойынша Монреаль протоколына қол қойылған.
Озон атмосфераның киши бир бөлеги есапланса да, инсанның жақсы жасаўында сезилерли тәсир көрсетеди. Озонның үлкен бөлеги атмосферада, Жер бетинен 10-40 км бийикликте жайласқан. Бул аймақ стратосфера деп аталады ҳәм барлық атмосфера озонның шама менен 90 процентин өз ишине алады.
Быйылғы бул күнниң темасы Монреаль протоколының озон қатламын қорғаў ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиўдеги ролине қаратылған.
Елимизде қоршаған орталықты қорғаў ҳәм инсан саламатлығын сақлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳүкиметлик дәрежеде болып, 2021-жыл, 9-март күни Министрлер Кабинетиниң «Озон қатламын бузыўшы элементлерди тоқтатыў бойынша миллий бағдармасын тастыйықлаў ҳаққында» ғы қарары қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги