Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Төрткүл районлық бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда жер орын алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды.

Атап айтқанда, пуқара С.Е. пуқара Ф.Г.ниң исенимине кирип, оған райондағы Пахташы аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 15 сотих бос жер орын алып бериўди ўәде етеди. Буның ушын 3 мың АҚШ долларын алған ўақтында  айғақлы дәлил менен усланды.

Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги