Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев 13-сентябрь күни Қоңырат районындағы социаллық обьектлер ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты.
Дәслеп халықаралық әҳмийеттеги А-380 автомобиль жолының бойында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек егиў ҳәм жасыл белбеўлерди пайда етиў, сондай-ақ, Тоғай хожалығы ҳәм Абаданластырыў басқармасы питомниги жумыслары көзден өткерилди. Гүзги терек егиўге жерлерди ҳәм нәллерди таярлаў, бул жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў, питомниклерди кеңейтиў ушын жер майданларын ажыратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы оңлаўға мүтәж ҳалға келип қалған 32-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын барып көрди. Жуўапкерлерге тез пурсатта қурылыс жумыслары баслаў ҳәм усы жылдың өзинде бақша имаратын пайдаланыўға тапсырыў ўазыйпасы қойылды.
Бүгинги күнде пуқаралардың турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарында мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў әҳмийетли болып, Президентимиздиң тапсырмасы менен әмелге асырылып атырған «Ханжап» мәкан, «Кийет», «Үстирт» аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларындағы ишки жолларды оңлаў жумысларын көзден өткерилди. «Үстирт» аўыл пуқаралар жыйынында 3,3 миллиард сум қаржы тийкарында жаңадан қурылып атырған бақша имараты қурылыс жумысларын тез арада жуўмақлаў кереклиги көрсетип өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы буннан соң «Азатлық» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жайласқан авариялық жағдайдағы турақ жайларда жасап атырған 8 хожалықты турақ жай менен тәмийинлеў мәселесине де итибар қаратып, олар ушын жаңадан қурылып атырған турақ жайлар қурылысын жеделлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Буннан тысқары, жол бойында жайласқан бүгинги күнде ҳәрекетсиз турған кәрхана ҳәм бизнес обьектлерин қайта иске қосыў, автомобиль жолларын оңлаў, базар инфраструктурасын жақсылаў бойынша да жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги