Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Германия Федеративлик Республикасы Федерал Канцлери Олаф Шольц рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып турыпты.
Күни кеше Самарқанд қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилди. Онда мәмлекетлеримиздиң көп тәреплемели бирге ислесиўин және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Бул сапар етиўдиң әҳмийети, перспективадағы режелер ҳаққында Германия делегациясы ўәкиллери, исбилерменлердиң пикирлери менен қызықсындық.
-Мәмлекетлеримиздиң жетекши компания ҳәм банклери өз-ара бирге ислесиўди тереңлестириўге итибар қаратып атырғанын атап өтпекшимен,-дейди Германия делегациясы ағзасы, “Airbus Helicopters” компаниясы бас атқарыўшы директоры Штефан Томи. – Өткен жылы Берлинде өткерилген жоқары дәрежедеги ушырасыўларды жақсы еслеймиз. Бундай қатнасықлар барлық бағдардағы бирге ислесиўди жеделлестирип атырғанынан миннетдармыз. Өткен жылы товар алмасыў көлеми бир миллиард евродан артқаны айтылмақта. Жыл басынан берли болса мәмлекетиңиз экономикасына Германия компаниялары 800 миллион евролық инвестициялар киргизген. Бул сан қатнасықлардың избе-излиги қаншелли екенин көрсетеди. Кеше Транспорт тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге де қол қойылды. Усы жерде бизиң “Rhenus”, “Deutsche Bahn”, “DB Schenker” сыяқлы транспорт тараўындағы компанияларымыз бенен қатнасықларыңыз жақсы екенин атап өтиўимиз керек. Экспертлер кейинги жыллары елиңизде болып атырған өзгерислерди жоқары баҳаламақта. Өзбекстанға келип ҳақыйқый тәбиятты өзим көргенимнен қуўанышлыман. Миймандослығыңыз ҳәм ҳүрмет ҳаққында қысқаша айтып болмайды, бул үлкен ҳәм басқа тема.
-Өзбекстанда жумыс алып барып атырғаныма отыз жыл болды, дейди Textima Export Import GmbH компаниясы вице-президенти Роман Фрэнк. – Компаниямыз текстиль, химия, санаат өнимлерин ислеп шығарыўда қолланылатуғын жоқары сапалы техникаларды Германиядан елиңизге жеткерип бериўшилерди қоллап-қуўатлайды. Усы елде узақ жыллардан берли ислеп атырған исбилермен сыпатында айта аламан, кейинги жылларда Өзбекстанда барлық тараўларда үлкен өзгерислер болды. Атап айтқанда, экспорт-импорт потенциалының өсиўине гүўаман. Келешекте де тығыз бирге ислесиўши болыўымызға исенемен. Кеше өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўларда да Өзбекстан ҳәм Германия аймақлары арасындағы шериклик байланысларын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы жылдың басынан берли Германияның еки федерал үлкеси ўәкиллери мәмлекетиңизге келди. Жыл ақырына шекем Берлин, Бавария ҳәм Тюрингия делегацияларының сапары күтилмекте. Бундай мақсетли барыў-келиў, сөйлесиў ҳәм жақыннан бақлаў биз, исбилерменлер ушын оғада әҳмийетли.
ӨзА