Мәмлекеттиң китап саўдасы бирлеспесиниң есабатына бола, Германияда жас әўлад китап ушын көбирек қаржы жумсай баслаған. Бул ҳаққында DW хабар бермекте.
Немис ул-қызларының әдебият сатып алыўға қәрежет ажыратыўы 2019-2023-жыллары 13-15 жас қатламы кесиминде 65, 16-19 жастағылар арасында 77 процент көбейген.
Бул мағлыўмат жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў институты тәрепинен өткерилген «Bock auf Buch!» (Мен оқыйжақпан!) изертлеўи нәтийжесинде қәлиплестирилген.
Итибарлы тәрепи сонда, китап базарында әйне жас қарыйдарлардың үлеси артпақта. 2023-жылы алдыңғы мәўсимге қарағанда еки миллионнан көбирек жас өспирим китап сатып алған. Германия жас өспиримлери арасында оқыў мәдениятын таллаў жынысы ҳәм жасқа бола сезилерли парық бар екенлигин көрсеткен. Ул балалардың тек тоғыз процентине салыстырмалы сезилерли унамлы айырмашылық болып, ҳәр бесинши қыздан бири ҳәр күни китап оқыйды екен. Улыўма қолына китап алмайтуғынлардың үлеси қызлар арасында 12, ул-балалар да болса шама менен 25 процентке жетеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги