БАӘге Өзбекстан пуқаралары көбирек қандай мақсетте бармақта

211

Статистика агентлиги 2024-жылдың январь-июль айларында 70,6 мың Өзбекстан пуқаралары туристлик мақсетлерде Бирлескен Араб Әмирликлерине сапар еткенин мәлим етти. Бул ҳаққында Агентликтиң баспасөз хызмети хабар берген.

Олардың сапар мақсетлери бойынша бөлистирилиўи де Агентлик тәрепинен усынылған болып, өзбекстанлылар көбирек дем алыў мақсетинде БАӘге барғаны көзге тасланады. Бул 63 мың 970 ти қурайды.

Әмирликлердиң Дубай қаласы, әсиресе, жерлеслеримиздиң сапар аймағы есапланады. Сондай-ақ, және төмендеги қурамда сапар етиўшилердиң мақсетлерин көриў мүмкин:

1) ағайинлерин көриў – 5 903;

2) хызмет бойынша – 397;

3) оқыў – 166;

4) емлениў – 119.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги