Алдын хабар еткенимиздей, усы жылдыӊ март айында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң шөлкемлестириўиндеги «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы редакциясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниӊ басқа да институтларын қолап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған грант таӊлаўында «Ретро өнер» жойбары менен қатнасып жеӊимпаз болған еди.

Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында жойбар жуўмағына бағышланған илаж болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев пенен редакция жәмәәти ҳәм жойбар шеӊберинде шөлкемлестирилген «Жас усталар» мектеби ағзалары қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы редакциясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен 100 миллион сум муғдарында грант жеӊип алды. Миллий өнерментшилигимиздиӊ бир бағдары болған қөбыз усташылығын раўажландырыў ҳәм бул өнерди заманагөй кәсиплер қатарына киргизиў илажларын көриў арқалы жасларымызға қобыз усташылығын үйретиўди мақсет еткен «Ретро өнер» жойбары тийкарында  Нөкис районында жасаўшы уста Марат Жақсымуратовқа үй устаханасы шөлкемлестирилип, оған  грант қәрежетлери есабынан әсбап-үскенелер алып берилди. Сондай-ақ, устаныӊ үй устаханасы жанынан жойбар тийкарында «Жас усталар» мектеби шөлкемлестирилип, оған қобыз усташылығына қызығыўшы 5 жас қамтып алынып, олар «устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында уста Марат Жақсымуратовқа шәкирт түсип, 6  ай даўамында қобыз соғыўдыӊ сырларын үйренди. Айрықша атап өтиў орынлы, буннан алты ай алдын Марат Жақсымуратов қол мийнети жәрдеминде бир айда 4-5 дана қобыз ислеген болса, грант қаржылары жәрдеминде алынған әсбап-үскенелер менен оныӊ қобыз ислеп шығарыў өнимдарлығы еки есеге артып, ҳәзирги ўақытта  айына 15-16 қобыз соғып, материаллық мүмкиншиликлерин кеӊейтип атыр.

― Мен Шоманай районынан Нөкис районына қатнап, қобыз усташылығын үйренип атырман. Алты ай даўамында устазымныӊ жәрдеминде  биринши қобызымды соқтым. ϴзим Нөкис қаласындағы Опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатында «Жыраўшылық» бағдарында оқыйман. Келешекте жыраўшылық пенен бирге жыраўлардыӊ тийкарғы қуралы болған қобыз соғыўды да толық меӊгермекшимен, ―дейди «Жас утслар» мектебиниӊ ағзасы Дәўлетназар Хабибназаров.

Илажда «Жас усталар» мектеби ағзаларына алты ай даўамында қобыз усташылығын үйренгенлиги ҳаққында «Сертификат»  ҳәм уста Марат Жақсымуратовқа Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен «Ҳүрмет жарлық» тапсырылды.

―Алдағы ўақытта да бул «Жас усталар» мектебиниӊ жумыслары даўам етеди,―дейди жойбар басшысы Гүлмира Палўанова. ―Сондай-ақ, жойбар бойынша грант қәрежетлери тийкарында сатып алынған әсбап-үскенелер толығы менен уста Марат Жақсымуратовқа берилип, қобыз усташылығын еле де раажландырыў бойынша мақсетли жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.

Әлбетте,  бундай илажлар алдағы ўақытта елимизде қобыз усташылығын раўажландырыў менен бирге қобыз әспабын ЮНЕСКОныӊ репрезентатив дизимине киритиў бойынша  алып барылып атырған жумыслардыӊ нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги