Президентимиз Паралимпиада ойынларында ерисилген рекорд нәтийжелерге айрықша тоқтап өтти

198

Аты әпсана спортшымыз Ҳусниддин Норбеков мәмлекетимиз тарийхында биринши рет үш мәрте Паралимпиада чемпионы болғаны, соның менен бирге жаңа рекорд орнатқаны айырықша атап өтилди.

Палўан батырларымыз Бобиржон Омонов ҳәм Шерзод Намозов ядро ылақтырыў ҳәм дзюдо бойынша екинши мәрте алтын медальларды қолға киргизди. Бобиржон болса паралимпиада рекордын да жаңалады.