«Ҳәзирги күнде уллы мәрт қызларымыз да Өзбекстан жеңисине мүнәсип үлес қосқанлары ҳаққында қаншелли мақтаныш пенен айтсақ арзыйды, әлбетте.
Командамыз қолға киргизген медальлардың 11 и әйне, қызларымыз есабынан жазылғаны да бул пикирди айқын тастыйықлайды»,
-деди мәмлекетимиз басшысы.
Асила Мирзаёрова узынлыққа секириў, Нурхон Қурбонова найза ылақтырыў бойынша Паралимпиада чемпионлары болғаны қатарында дүнья көлеминдеги рекордларды да жаңалағанына қайыл қалмаўдың илажы жоқ.
15 жасар Шаҳинахон Йигиталиева гүмис медальды қолға киргизип, Паралимпиада ойынларындағы ең жас саўға ийеси сыпатында тарийхқа киргени де айрықша атап өтилди.
ӨзА