Көксарай резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёев Париждеги Паралимпиада ойынларында мәмлекетимиз атын қорғаған спортшылар, олардың ата-аналары ҳәм тренерлери менен ушырасыў өткермекте.

Бул халықаралық спорт әнжуманында дүньяның 168 мәмлекетинен 4 мың 400 ге шамалас ең күшли ҳәм шебер спортшылар қатнасқаны оның абырайы ҳәм көлеми қаншелли үлкен екенинен дәрек береди.

«Сол мәниде, Паралимпиада ойынлары – бул анық шыдам, күш ҳәм жигер, ийгиликли ис ҳәм гуманизм көриниси, десек, дурыс болады.

Сиз, ерк-ықрары беккем перзентлеримиз оғада кескин беллесиўлерде жоқары шыңларды ийелеп, беллесиўлердиң ҳақыйқый қаҳарманларына айландыңыз», – деди Президент.

 

ӨзА