Таиланд пайтахты Бангкок қаласында өтип атырған Азия-Африка ҳуқықый мәсләҳәтлесиў шөлкеми (Asian-African Legal Consultative Organization – AALCO)ниң 62-жыллық әнжуманында Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги делегациясы биринши мәрте бақлаўшы сыпатында қатнаспақта.
1956-жылы тийкар салынған, Азия ҳәм Африканың 48 ири мәмлекетин бирлестирген ҳүкиметлер аралық шөлкем болып есапланатуғын AALCO халықаралық ҳуқық комиссиясы (ILC), Халықаралық саўда ҳуқықы комиссиясы (UNCITRAL), Халықаралық жеке меншик ҳуқық бойынша Гаага конференциясы (HCCH) сыяқлы структуралар менен биргеликте халықаралық ҳуқық тийкарын қәлиплестиреди.
Әнжуман шеңберинде халықаралық саўда ҳәм инвестиция ҳуқықы, қоршаған орталықты сақлаў, турақлы раўажланыў ҳәм ашық аспан мәканынан пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли темалар додаланды.
Өзбекстан делегациясы халықаралық тәмийнат шынжырындағы қатнасы ҳәм дүнья базарына шығыўдағы ҳуқықый өзгешеликлер бойынша мағлыўмат усынды. Сондай-ақ, климат өзгериўи шараятында қоршаған орталықты қорғаў, трансшегералық суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм ашық аспан менен байланыслы мағлыўматларды халықаралық көлемде тәртипке салыў мәселелерине де итибар қаратылды.
Әнжуман шеңберинде болып өткен Өзбекстан делегациясының AALCO бас хаткери Камалинне Пиницувадол менен ушырасыўында өз-ара бирге ислесиў перспективасы додаланды.
Азиза Алимова, ӨзА