Әмиўдәрья районындағы “Бекман Аллаберганов” фермер хожалығында быйылғы жылғы пахта жыйын-теримин шөлкемлескенлик пенен өткериўге бағышланған семинар болып өтти.
Илажда район ҳәкими Сабыр Хожаметов шығып сөйлеп, пахтаны сепситпей жыйнап алыў, терим мәўсиминдеги жумысларды дурыс шөлкемлестириў бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилди. Сондай-ақ, бул жумысларды шөлкемлескенлик пенен өткериў бәлент қырманның тийкары екенлиги атап өтилди.
Бүгин район аймағындағы барлық фермер хожалықларының пахта атызлары бир тегис ашылып, аппақ түске енген. Бул дийқанлар тәрепинен егистен баслап тап бүгинги күнге шекемги исленген тынымсыз мийнеттиң нәтийжеси болып табылады. Нәтийжеде сентябрь айының басынан баслап жыйын-терим жумыслары баслап жиберилди. Буның ушын барлық шараятлар алдын ала жаратылды.
Қәнигелердиң атап өткениндей, жыйын-терим жумысларын пахтаның ашылыў жағдайынан келип шығып, яғный атызларда кеминде 70-75 проценти ашылғаннан кейин баслаған мақул болады. Соның ушын аймақта терим жумыслары 10-сентябрьден ғалаба басланып, биринши терим бир ай даўам етеди.
Районда бул мәўсимди белгиленген мүддетте сапалы өткериў ушын 310 терим отряды шөлкемлестирилип, оларға 100-150 адамнан ибарат инициатор топарлар ҳәм пуқаралар жыйынларындағы тәжирийбели көше белсендилеринен ибарат отряд баслықлары тайынланды. Оларға жәми 17 мың 490 теримши бириктирилди.
Буннан гөзленген мақсет райондағы 352 фермер хожалығының 13 мың 900 гектар майданында писип жетилискен өнимнен 48 мың 500 тонналық пахта қырманын 6 кластерге өз ўақтында сапалы жеткерип бериў болып табылады.
Семинарда пахта жыйын-терими мәўсиминде фермер хожалықлары тәрепинен теримшилерге зәрүрли мийнет ҳәм дем алыў шараятларын жаратып бериў, оларға мийнет ҳақыларын өз ўақтында ҳәм толық төлеў, пахта тоқымашық кластерлери тәрепинен жыйын-теримге қатнасыўшыларды азық-аўқат пенен тәмийинлеў, көшпели саўда дүканларының жумысларын жолға қойыў, медициналық, мәдений ҳәм турмыслық хызметлерин көрсетиў мәселелери сөз болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги