БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Каха Имнадзе Хийўада өткерилген форумда онлайн қатнасты.
БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили Президент Шавкат Мирзиёевқа бул форумды қоллап-қуўатлағаны ушын терең миннетдаршылығын билдирди.
– Бул форум Өзбекстанның региондағы бирге ислесиўди беккемлеў, тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўдеги әҳмийетли ролин және бир мәрте тастыйықлайды,-деди К.Имнадзе. – Өз гезегинде, халықаралық майданда қыйын жағдай, қарама-қарсылық сақланып турған бир ўақытта Орайлық Азия регионы турақлы бирге ислесиўдиң үлгисин көрсетпекте. Онда, мәмлекет басшылары арасындағы Мәсләҳәт кеңеси механизми тийкарғы роль атқармақта.
К.Имнадзе бул форум парламентлер аралық бирге ислесиўди беккемлеў, өз-ара тәжирийбе алмасыўды раўажландырыў, ҳәзирги машқалалар бойынша өз-ара шешимлер табыўда унамлы роль атқаратуғынын атап өтти.
БМШ Бас хаткери А.Гутерриш те парламентлердиң тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды алға қойыўда шешиўши әҳмийетин атап өткен. Әсиресе, Турақлы раўажланыў мақсетлерине парламентлер қатнасыўысыз ерисип болмайтуғынын билдирген.
БМШ ўәкили форум күн тәртибине ҳаял-қызлар ҳәм жаслар мәселелери киргизилгени тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў менен байланыслы мәселе екенин атап өтти. Усы жерде Орайлық Азияда парламентлер гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаўда шешиўши роль атқарып атырғанын атап өтип, Өзбекстанның бул бағдардағы жумысы, соның ишинде, Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўин шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыўдағы нәтийжелери итибарға ылайық екенин атап өтти.
К.Имнадзе БМШ Орайлық Азия менен трансшегаралық суўлардан пайдаланыў, музлықлар ериўи, гендер теңлик, жаслар белсендилигин арттырыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди және де күшейтиўге таяр екенлигин билдирди.
Норгул Абдураимова,
Бекзодбек Саидов (сүўрет),
ӨзА