Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генераль-лейтенант Пўлат Бобожонов басшылығындағы делегация Қытай Халық Республикасына барды.

Сапар даўамында делегация Жәмийетлик қәўипсизлик министрлиги тәрепинен Лянюнган қаласында шөлкемлестирилген «Өзгериўшең шараятларда жеңиске ерискен бирге ислесиў: глобал жәмийетлик қәўипсизлик жәмийетшилигин қурыў» темасындағы жәмийетлик қәўипсизлик бойынша глобал бирге ислесиў форумында қатнасты.

Форумда елиўден аслам мәмлекетлерден төрт жүзге шамалас қәнигелер, сондай-ақ, БМШ, ШБШ, Интерпол ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары глобал жәмийетлик қәўипсизлик тараўындағы әҳмийетли машқалалар ҳәм олардың шешимлери, региондағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, тараў қәнигелери арасында сөйлесиўди раўажландырыў, қәўипсизликке байланыслы биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы илаж көриў мәселелерин додалады.

Өзбекстан Ишки ислер министри, генераль-лейтенант П.Бобожонов, сондай-ақ, «Орайлық Азия – Қытай» форматындағы ишки ислер ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик министрлериниң биринши мәжилисинде қатнасты.

Мәжилисте мәмлекетимиз қатарында Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстанның ишки ислер министрлери ҳәм Қытайдың Жәмийетлик қәўипсизлик министри басшылығындағы делегациялар қатнасты.

Ушырасыў процесинде тәреплер жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик бойынша бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў, ҳуқық қорғаў бағдарында уйымлар аралық ҳәм тармақлар аралық муўапықластырыў механизмин жаратыў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, регионда тилеклеслик ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы мәселелерди додалады.

Илаж соңында тәреплердиң бирге ислесиўин раўажландырыў бойынша перспективалы ўазыйпаларды қамтып алған «Орайлық Азия-Қытай» мәжилисиниң протоколына қол қойылды.

Сапар даўамында П.Бобожоновтың Қытай Мәмлекетлик кеңесиниң ағзасы – Жәмийетлик қәўипсизлик министри полиция генералы Ван Сяохоун менен еки тәреплеме ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда тәреплер усы жылы апрель айында Ташкент қаласында қол қойылған еки министрлик арасында 2024-2025-жылларға мөлшерленген өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы бағдарламаның орынланыўын, сондай-ақ, терроризм ҳәм экстремизм, нәшебентлик затлардың нызамсыз саўдасы ҳәм басқа түрдеги трансмиллий жынаятларға қарсы гүресиўде бирге ислесиўди күшейтиў, кибержынаятларға қарсы гүресиў ҳәм санлы криминалистика бағдарында ишки ислер уйымлары хызметкерлери ушын арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестириў сыяқлы мәселелерди додалады.

Дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен ушырасыўда өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында перспективалы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА