«Kyudo news»тиң жазыўынша, япониялы қыз салған қағаз тырна Нью-Йорк мәмлекетлик музейинде 11-сентябрьде жүз берген апаттың 23 жыллығына бағышланған көргизбеде көрсетилди.

Дүйшемби күни Садако Сасаки дөреткен 1 сантиметр узынлықтағы қызыл тырна белгиси биринши мәрте «Жәҳән саўда орайы: қутқарыў, қайта тиклеў, жуўап бериў» галереясында имараттың кириў бөлимине қойылды.

Үмит етемиз, сапарға келгенлер Садако тымсалы менен байланыслы еслеўди жақыннан билип алып, ҳәдийсе қорқынышын сезеди, – дейди тарийхшы Аарон Нобл.

Қағаздан исленген бул тырна дәслепки мәрте Садаконың әжағасы Масахиро Сасаки тәрепинен 2007-жылы 11-сентябрь күни естелик орайына, соң мемориал музейге усынылған.

Садако 1945-жылы 6-август күни Екинши жер жүзилик урыстың соңғы басқышында Хиросимаға тасланған ядро бомбасы жарылған орыннан тек бир ярым километр аралықта еди. Толқынның күши оны айнадан сыртқа ылақтырып жиберген болса-да, қыз тири қалған. Радиация тәсирине ушырағанда қыз 2 жаста еди.

Қала админстрациясы мағлыўматына бола, сол жылдың ақырына шекем 140 мың адам қайтыс болған.

Японияда «мың дана қағаз тырна ислеген адамның ҳәр қандай әрманы әмелге асады» деген әййемги рәўаят бар. Қыз тири қалыў нийетинде қағаздан тырналар ислеп баслайды, бирақ үлгермейди: он жыл өтип, радиация ақыбетинде арттырылған аққан кеселлигинен 1955-жылы 25-октябрьде қайтыс болады.

Нобл көргизбеге қойылған қағаз тырна АҚШ усынған дәри ыдыстың қызыл орамынан исленгени, Қызыл Ярым Ай тәрепинен кеселликти емлеў процесиниң бир бөлими сыпатында тән алынғанын атап өтеди.

Садаконың жийени, Масахироның улы 54 жастағы Южи Сасаки болса әжапасының еске алыныўынан тәсирленгенин жасырмады.

 

Муҳаррама Пирматова, ӨзА