Жаңа дөретиўшилик мәўсим басланып атырған усы күнлерде елимиз театрлары өзлериниң ең жақсы спектакльлери менен тамашагөйлерди қуўандырмақта. Соның ишинде, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында да быйылғы тамаша мәўсими көтериңки руўх ҳәм байрам кейпиятында басланды. Театр сахнасында белгили драматург Қўчқар Норқобилдиң «Үйдеги гәп көшеде» комедиясы көрсетилди. Көркем өнер ықласбентлериниң алғыс ҳәм қол шапатлаўларына ерискен бул шығарманы талантлы режиссёр Өмирбек Бектурғанов сахналастырған.
Бул сахна шығармасында бүгинги турмысымыздағы қыйын машқалалардың тийкары ҳәр қыйлы тартыслар ҳәм ызалы мысқыллар арқалы тәсиршең көрсетилген. Соның ишинде, әдеп-икрамлылық тәрбия ҳәм адамлар арасында ҳүрмет байланыслары күн сайын әззилесип, иззет-ҳүрмет туйғыларына зыян жетип атырғаны, ғалабалық мобиль телефонларға пүткиллей байланып, китапқумарлық ҳәм китап оқыўдан улыўма узақласып баратырғаны, саўатсызлық кеселлигиниң ушырасып атырғаны ашшы күлки тийкарындағы қәўетерлениў менен көркем түрде сәўлеленеди.
Ең әҳмийетлиси – бул комедия арқалы ҳәр бир тамашагөй белгили мәниде өзи ямаса жақын әтирапындағы адамлардың турмыс тәризин көргендей болады.
– Белгили жазыўшы Қўчқар Нарқобил шығармаларында персонажлар характери анық сезилип турады,-деди Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери Полат Айтмуратов. – Сахна шығармасында сәўлелендирилген ҳәр бир персонаж – қаҳарманның өз жүги, ең әҳмийетлиси, өзине тән ҳақыйқаты бар. Соның менен бирге шығармадағы ўақыялар улыўма инсаныйлық идеялардың кең көлеминде сәўлеленеди.
– Қарақалпақ театрларында белгили драматург Қўчқар Нарқобилдиң усының менен алтыншы шығармасы сахналастырылды,-дейди Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Кәримов. – Олардың ҳәр биринде әҳмийетли, қарақалпақ халқының турмысына байланыслы темалар қәлемге алынған. Драматург тамашагөй кеўилинде пикир оятатуғын, сергекликке шақыратуғын мәселелерди көре биледи, соның менен бирге, миллий қәдирият ҳәм әдеп-икрамлылық түсиниклерди жоқары дәрежеде улығлай алады.
Усы шығармаға шекем драматург Қўчқар Нарқобилдиң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Нур саяда қалмайды» (режиссёр – Өзбекстан халық артисти Нажимаддин Аңсатбаев, 2011-жыл), «Суўды көрмей етик шешпе» (режиссёр – Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан халық артисти – Жалғасбай Султабаев, 2014-жыл), «Бир бала ҳәм бес бала тәғдири» (режиссёр – Өзбекстан халық артисти Нажимаддин Аңсатбаев, 2015-жыл), «Гүл алмаған гөзаллар» (режиссёр – Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист Сарсенбай Узақбаев, 2016-жыл), Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында болса «Алыўдың бериўи бар» (режиссёр-Өмирбек Бектурғанов, 2022-жыл) сыяқлы шығармалары сахна жүзин көрген. Олар елеге шекем қарақалпақ театрларында көрсетилмекте.
Автордың гезектеги шығармасы «Үйдеги гәп көшеде» комедиясы да ҳәзирги күнниң қыйын ҳәм әҳмийетли мәселелерин өзинде сәўлелендиргени, турмыслық ўақыяларға бай екени, тамашагөйлерди ойландыратуғын машқалаларды өзинде жәмлегени менен узақ жыллар даўамында сахнада өз орнына ийе болып қалатуғыны анық.
Н.Усмонова, ӨзА