Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 5-сентьябрь күни «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Усы қарардың әҳмийети, мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде илаж шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М. Қурбанов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Атқарыўшы директоры З. Эрматов ҳәм тийисли тараў қәнигелелери қатнасты.
Қарарға муўапық, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў шеңберинде бийпул медициналық хызметлер көрсетиў ҳәм дәри-дәрмақларды бериў мәмлекет бюджетине төленип атырған салықлар есабынан әмелге асырылыўы белгиленген. Онда халықтан медициналық қамсызландырыў ушын қосымша төлем өндирилмейди.
Илажда айтып өтилиўинше, төмендегилерди нәзерде тутыўшы мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлер басқышпа-басқыш енгизиледи, соның ишинде:
-мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланатуғын медициналық жәрдемниң кепилленген көлемлери тастыйықланады ҳәм бул пакетке киргизилген медициналық хызметлер ҳәм дәри қураллары Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры қаржылары есабынан көрсетиледи;
-кепилленген пакетке киргизилген медициналық хызметлерден бийпул пайдаланыў ушын белгиленген мүддетлерде тийисли медициналық тексериўлерден өтиў, шаңарақлық шыпакерге яки медицина бригадасына мүрәжат етиў талап етиледи;
-шыпакер рәсмийлестирген электрон рецепт тийкарында дәри қураллары кепилленген пакет шеңберинде наўқасларға дәриханалар есабынан бийпул бериледи ҳәм дәриханалардың тийисли қәрежетлери Қор қаржылары есабынан қапланады (реимбурсация бағдарламасы);
-медицина шөлкемлери жумысындағы процесслерди өз ишине алыўшы «Электрон денсаўлықты сақлаў» мәлимлеме системасы жаратылады ҳәм иске түсириледи;
-кепилленген пакетке киргизилген медициналық хызметлерди көрсетиўге мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлер кеңнен тартылады.
-районлық (қалалық), ўәлаятлық ҳәм республикалық емлеўханаларда медициналық жәрдем көрсетиўде кеселликтиң аўырлық дәрежесинен келип, бийпул емленетуғын наўқаслардың дизими тастыйықланады ҳәм әмелиятқа енгизиледи;
-жеңилликли категориядағы шахслар шыпакер көрсетпесине бола мәлимлеме системасы арқалы қәлиплестирилетуғын жоллама тийкарында Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бийпул емленеди.
Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-июльден төмендегилер мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилген аймақларда район (қалал) лық ҳәм аймақлық дәрежедеги медицина мәкемелеринде режели стационар мецидиналық жәрдемди электрон гезек тийкарында бийпул алыў ҳуқықына ийе болады:
-физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы яки социаллық салық төлеўшилер;
-Салық кодексине муўапық мийнет стажын есаплап шығыў ушын белгиленген муғдарларда салық төлеген шахслар; -жас өспиримлер, билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшы ҳәм студентлери, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм еки жасқа толмаған баласын бағып атырған шахслар, мийнет уйымларына жумыссыз сыпатында рәсмий дизимнен өткенлер, мәмлекетлик пенсиясын алыўшылар ҳәм «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген деп көрсетилген шаңарақлардың ағзалары.
2027-жыл 1-январьдан соңғы бир жыл даўамында кеминде 6 ай физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы социаллық салық төлегенлер ушын мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасында жоқары технологиялық медициналық жәрдем бийпул әмелге асырылады.
Қарарға муўапық, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў шеңберинде:
– 2024-жылдың ақырына шекем «Электрон поликлиника» ҳәм «Электрон емлеўхана» мәлимлеме системалары әмелиятқа енгизиледи;
-мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўдың мәлимлеме системасы ислеп шығылады ҳәм әмелиятқа енгизиледи;
-медицина мәкемеси басшысына мәкемениң қуўатлылығы шеңберинде бөлимшелердиң қәнигелесиўин, олардағы емлениў орынлары санын өзгертиў ҳәм ажыратылған қаржылар шеңберинде хызметкерлер санын жумыс көлемине муўапық белгилеў кепиллиги бериледи;
-медицина мәкемелери ушын тастыйықланған штат нормалары усыныслық түрге ийе есапланады ҳәм 2025-жылдың 1-июльден медицина ҳәм фармацевтика тараўы хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң өз алдына тәртиби ҳәм шәртлери енгизиледи;
-көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң тастыйықланған стандарт ҳәм протоколларға муўапықлығы ҳәм сапасы қадағаланады.
2025-жыл 1-апрельге шекем Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жеңилликли категорияға кириўши шахслар емленетуғын наўқаслардың дизими ҳәм базалық баҳалары наўқасларды емлеў бағдарлары тийкарында барлық медицина шөлкемлери ушын қайта тастыйықланады.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Орынларда усы қарардың әҳмийети, мазмун-мәнисин түсиндириўге қаратылған илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги