Елимизде жоқары билимлендириў бойынша сырт еллер менен байланыслар орнатыў, студент-жаслардың билимлерин халықаралық дәрежеде арттырыў бағдарында соңғы жыллары көплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Бердақ атындағы Қарақалпақ  мәмлекетлик университетинде де бул бағдардағы жумыслар жақсы қойылған болып, студент жаслар сырт еллерде оқыў ҳәм билимлерин жетилистириў имканиятына ийе болмақта.

Университеттиң шет тиллер факультетиниң инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы студентлери Гүлзира Сагалатдинова ҳәм Шахсанем Ниетбаева Қытайда оқыў имканиятына ийе болды. Академиялық алмасыў бағдарламасы шеңберинде олар 2024-2025-оқыў жылының еки семестрин Tianjin Normal университетинде өткереди.

Студент қызлардың тийкарғы қәнигелиги инглис тили ҳәм әдебияты болса да, олар Қытай тилин екинши шет тили сыпатында үйениўди мақсет еткен. Сырт елде оқыў оларға тил билимлерин кеңейтиў ҳәм Қытай мәдениятын үйрениў имканиятын береди.

Бағдарлама тек ғана академиялық үстинликлерин бериў менен бирге кәсиплик ҳәм жеке раўажланыўы ушын жаңа қәбилетлерин  жүзеге шығарады. Гүлзира ҳәм Шахсәнемге Tianjin Normal университетинде оқыўы қытай тили ҳәм мәденияты бойынша билимлерин  тереңлестириўге мүмкиншилик  береди. Бул әсиресе, шет тиллери ҳәм халықаралық коммуникациялар тараўындағы болажақ қәнигелер ушын зәрүр есапланады.

Усы тәжирийбе алдағы ўақытларда оларға мийнет базарында бәсекилесиў үстинликлерин берип, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм мәдений тараўлар бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыўлар арқалы Орайлық Азия ҳәм Қытай арасындағы байланысларды беккемлеўге жәрдем береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги