Бүгин, 11-сентябрь күни Ақорда резиденциясында жети мәмлекеттиң айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилериниң Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тўқаевқа исеним жарлықларын тапсырыў мәресими болып өтти.
Олардың арасында Өзбекстан елшиси Бахтиёр Иброҳимов та бар.
Сондай-ақ, жаңа тайынланған елшилер – Луис Франциско Мартинес Монтес (Испания), Яап Ора (Эстония), Муҳаммад ал-Ғазалий Сирраж (Судан Республикасы), Чарлз Кайонга (Руанда), Алехандро Ариас Сарсуэла (Доминикан Республикасы), Хесвар Жанке (Маврикий) Тўқаевқа исеним жарлықларын тапсырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги