7−8-сентябрь күнлери Польшаның Кротошин қаласында сумо бойынша жәҳән чемпионаты өткерилди.
Дүньяның 33 мәмлекетинен 200 ге шамалас спортшылар қатнасқан бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да жеңимпазлық ушын гүрес алып барды.
Атап айтқанда, командамыз қурамында 80 кг салмақта Абдуқодир Усмонов, 115 кг да Маҳмуджон Мақсудов, 73 кг да Фаридахон Тўлашова ҳәм абсолют салмақта Дурдона Абдужабборовалар елимиз абырайын мүнәсип түрде қорғаўға ҳәрекет етти ҳәм олардың арасынан Дурдонахон Абдужабборова жәҳән чемпионатының қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Ол турнир даўамында еки рет жеңиске ерискен болса, еки мәрте жеңилиске ушырады. Соның ишинде, абсолют салмақ категориясында украиналы Ирина Пасечник алтын, норвегиялы Катрин Фрилсет гүмис медальды, япониялы спортшы Айри Ҳисано екинши қола медальды қолға киргизди.
Бул жеңис 2023-жылдың октябрь айында шөлкемлестирилген Өзбекстан Сумо федерациясы ушын жәҳән чемпионатындағы дәслепки медаль сыпатында тарийхта қалды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы