260 мың гектар жер 800 мың халыққа, бәринен бурын жасларға дийқаншылық етиў ушын тарқатылды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў жумысларын жаңа сапа басқышына алып шығыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Мәҳәлледе кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменлик жойбарларына 35 триллион сум арзан кредит, 7 триллион сум субсидия берилгени атап өтилди.
Мәҳәллелерди абаданластырыў, бақша, мектеп, медицина, жол, суў ҳәм электр инфраструктурасы ушын 120 триллион сум ажыратылды.
Сондай-ақ, 260 мың гектар жер 800 мың халыққа, бәринен бурын жасларға дийқаншылық етиў ушын дәрамат келтириўши актив сыпатында тарқатылды.
Жақында мәмлекетимизде болған БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) бас директоры бул тек ғана жумыс орны ҳәм дәрамат емес, ал азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде оғада дурыс жол екенин атап өтти.
Өткен айда Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша халықаралық конференцияға келген 60 тан аслам мәмлекет экспертлери Өзбекстан қысқа мүддетте жаратқан тәжирийбени жоқары баҳалады.
ӨзА