Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў жумысларын жаңа сапа басқышына алып шығыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды.

Төрт жыл алдын бул бағдарда жумыслар басланғанында 7,5 миллион яки 23 процент халықтың дәраматы кәмбағаллық шегарасына жетпейтуғын еди.

Усы дәўирде халқымыз 3,7 миллионға көбейди, кәмбағаллық шегарасы да тийисли түрде 1,5 есеге арттырылды.

Соған қарамастан, 3,5 миллион адамды дәраматлы етиў есабынан 2023-жылдың жуўмағы менен кәмбағаллықты 11 процентке төменлетиўге ерисилди.

Бәринен бурын, социаллық қорғаўға қамтып алыў 4,5 есеге арттырылып (466 мың шаңарақтан 2,2 миллионға), өткен жылы бул мақсетлерге 12,3 триллион сум ажыратылды. Пенсия ҳәм напақалардың муғдары да 1,5 есеге көбейтилди.

ӨзА