Бүгин Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров өзбекстанлы бокс тренери Акмал Ҳасанов пенен ушырасып, Мунарбек Сейитбек улының жеңисине қосқан үлеси ушын миннетдаршылық белгиси сыпатында автомобиль саўға етти. Бул ҳаққында Қырғыз Республикасы Президенти Администрациясы мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Қырғызстан жетекшиси өзбек тренериниң бул ҳәрекети еки туўысқан халықлардың дослығы ҳәм аўызбиршилигинен дәрек беретуғынын атап өтти.

– Орайлық Азия халықлары бир-бирин қоллап-қуўатлап, бирлик ҳәм дослық қатнасықларын көрсетип атырғанын пүткил дүнья көрди ҳәм сиз өз мысалыңыз бенен өз-ара татыўлықты беккемлеўге үлес қостыңыз, – деди Президент Садир Жапаров.

Сондай-ақ, Қырғызстан басшысы Париждеги Олимпиадада өзбекстанлы спортшылардың жоқары нәтийжелерин де атап өтти.

– Өзбекстанда спортқа үлкен итибар қаратылмақта. Биз де спортшыларымызды соңғы үш жыл ишинде жедел қоллап-қуўатлай басладық. Алдынлары жарысларда қатнасыў ушын қаржы ажырата алмаған жағдайларымыз да болған. Ата-бабаларымыз өз қаҳарманларына ҳүрмет белгиси сыпатында ат саўға еткен. Ҳәзирги күнде машина саўға етиў әдетке айланған, яғный, дәстүрлер руўхы өзгермеген, – деп қосымша етти Президент.

Өз гезегинде, Акмал Ҳасанов шын жүректен айтылған сөзлери ушын қоңсы мәмлекет басшысына миннетдаршылық билдирди. Ол Мунарбек Сейитбек улын спорт жыйынларында көп мәрте ушыратқанын ҳәм оның бокстеги қәбилети мақтаўға ылайықлы екенин айтты.

Еслетип өтемиз, қырғызстанлы боксши Мунарбек Сейитбек улы Франциядағы Олимпиада ойынларында гүмис медальды қолға киргизген еди. Ол қырғыз бокс тарийхында биринши болып Олимпиада медалын қолға киргизди. Оның жеке тренери Олимпиадаға бара алмай қалғаны ушын өзбекстанлы тренер Акмал Ҳасанов усы спортшыға секундантлық еткен еди.

Ў.Алимов, ӨзА