Кеше Қырғыз Республикасы пайтахты Бишкек қаласындағы Дөлөн Өмирзақов атындағы стадионда футбол бойынша 2026-жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионатының 3-таңлап алыў басқышының 2-тур ойыны болып өтти.

Онда Сречко Катанец басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы Қырғыз Республикасы футболшылары менен өз-ара беллести.

Ушырасыўды көтериңки руўхта бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестириў менен баслаған командамыз футболшылары, тилекке қарсы, өз дәрўазасынан биринши болып топ алып шығыўға мәжбүр болды.

Атап айтқанда, ушырасыўдың 15-минутында оң қанаттан жәрийма майданшасына узатылған топты Алимардон Шукуров Қырғыз Республикасының ганалы легионери Жоэль Кожоға жеткерип берди ҳәм ҳүжимши бул топты  Ўткир Юсупов қорғап атырған дәрўазаға анық жоллаўға миясар болды.

Буннан соң , сайланды командамыз ағзалары жедел ҳүжимге өтип, Кожоның голына 17-минутта Элдор Шомуродов жуўап қайтарыўға еристи.

Ойынның 35-минутына келгенде  Қырғыз Республикасының 17-номерли футболшысы Элдиар Зарипбековтың жәрийма майданшасына узатқан тобын Адилжан Абдураҳмонов дәрўазамызға анық жоллап, өз командасын есапта алдыға алып шығыўға миясар болды.

Дәрўазамызға өткерилген голдан соң командамыз футболшылары ойында үстинликти өз қолына алып, көплеген ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң биринде, яғный  45-минутта Ҳусниддин Алиқулов басы менен Ержан Токотаев дәрўазасына гол урып, есапты теңлестириўге еристи.

Ушырасыўдың екинши таймы кескин гүреслер менен өтип, онда әўмет Өзбекстан  сайланды командасы ағзаларына күлип бақты.

Атап айтқанда, ушырасыўдың 72-минутында Остон Ўрунов Элдор Шомуродов тәрепинен өзине жеткерип берилген топты шеберлик пенен Қырғыз Республикасы дәрўазасына жоллап, командамыз жанкүйерлерин шексиз қуўанышқа бөледи.

Бул голдан соң еки команда ағзалары да есапты өзгертиўге ҳәрекет еткени менен ушырасыўда есап өзгерместен қалды ҳәм Өзбекстан сайланды командасы және 3 упай қолға киргизиўге миясар болды.

Қырғыз Республикасы футболшылары болса, 1-турда Иран менен ушырасып, оларға 0:1 есабында жеңилип қалды.

Сондай-ақ, кеше усы топарда 2-тур шеңберинде бир қатар ушырасыўлар болып өтти. Олардың биринде Иран сапарда Бирлескен Араб Әмирликлери футболшыларын 1:0, Арқа Кореялы футболшылар өз майданында Қатар сайланды командасы менен теңбе-тең ойнады. Есап 2:2. Соны айтып өтиў керек, Арқа Корея-Қатар ойынының 28-минутында  майдан ийелериниң 3-номерли футболшысы Жанг Кук Чол ойынның бас төрешиси тәрепинен қызыл картошка менен жазаланып, ушырасыўды ерте тәрк етиўге мәжбүр болды.

Солай етип, екинши турдан соң Өзбекстан ҳәм Иран сайланды командалары 6 упай менен топар жетекшиси болып тур. Командамыз ағзалары келеси турда Иран сайланды командасы менен ойын өткереди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы