Президент Шавкат Мирзиёев Олимпиада қалашасы қурылысын барып көрди.

Бул үлкен комплекс келеси жылы елимизде болып өтетуғын жаслар арасында Азия ҳәм Параазия ойынлары ушын қурылмақта.

Жарыслар Халықаралық Олимпиада комитети тәрепинен тән алынған 29 спорт түри бойынша өткериледи. Оларда континентимиздиң 45 мәмлекетинен 3 мыңнан аслам спортшының қатнасыўы күтилмекте.

100 гектар майданға жайылған Олимпиада қалашасында олардың барлығы ушын шараят болады. Бүгинги күнде тийкарғы имаратларда жедел қурылыс болмақта. Атап айтқанда, 12 мың орынлық олимпиада стадионы, ҳәр бири 2 мың тамашагөйге мөлшерленген велодром, суў спорты сарайы, жеке гүреслер ҳәм командалық ойынлар комплекслери бой тиклеген.


Мәмлекетимиз басшысы сол жерде болып, қурылыстың барысын көзден өткерди. Жуўапкерлер ашылыў мәресими ҳәм жарыслар ўақтында болатуғын шараятлар бойынша мәлимлеме берди.

Шавкат Мирзиёев қолайлық ҳәм қәўипсизлик мәселелерине айрықша итибар қаратты. Бул процесслерди жоқары дәрежеде санластырыў, жасалма интеллект қуралларынан кеңнен пайдаланыў кереклигин атап өтти.


Олимпиада қалашасында, сондай-ақ, футбол, волейбол, теннис, шөп үстинде ҳоккей, жеңил атлетика спорт түрлери бойынша 15 ашық майдан болады. Музей ҳәм офислерди өз ишине алған ҳәкимшилик имараты, бағлар, жасалма көл қурылады.

Президентимиз комплекс қурыўшысы – Қытайдың «CAMC Engineering» компаниясы жуўапкери менен де сәўбетлести.

Азия ойынларынан соң Олимпиада қалашасынан нәтийжели пайдаланылады. Президентимиздиң атап өткениндей, бул орын мәмлекетимиз спортының илимий, әмелий, оқыў-шынығыў орайы болады. Спорт министрлиги, Антидопинг агентлиги, Мәмлекетлик спорт академиясы, Денетәрбия илимий –изертлеўлер институты, спорт түрлерин раўажландырыў орайы усы жерде жайласады. Профессионал спортшыларды таярлаў ҳәм шеберлигин арттырыў бойынша шынығыўлар өткериледи. Аймақлық спорт шөлкемлериниң қалаша инфраструктурасынан пайдаланыўы жолға қойылады.

Бул жерде «ақыллы қала» концепциясына тийкарланған заманагөй басқарыў системасы енгизиледи. Улыўма, қалаша спорт ҳәм саламатландырыў орайы сыпатында узақ жыллар халқымызға хызмет етеди.

ӨзА