Биз бурынлары дийқан дегенде көз алдымызға кетпенин ийнине таслап, суў жағалап жүрген жасы үлкен аталарды көз алдымызға келтирер едик. Ҳәзир жаслардың жер егип, атызлардан мол өним жетистирип атырғанын көрип көзимиз қуўанбақта.

Оларға мәмлекетимизде кең имканиятлар жаратылып, Президентимиздиң 2024-жыл 5-апрельдеги «Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ,  жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында» ғы қарарына муўапық дийқаншылыққа қызығыўшы жасларға егислик жерлер ажыратылған еди.

Бул имканиятлардан орынлы пайдаланған жаслар қатарында Хожели районы «Жаңа жап» мәҳәллесинде жасаўшы Т.Турсынбаев ҳәм Д. Сатбаевлар өзлерине ажыратылған жерлерге гешир егип, писип жетилискен өнимлерди базарға шығармақта.



Сондай-ақ, райондағы «Мустақыллик» мәҳәллесиндеги жумыссыз жаслар да өзлерине ажыратылған жерлерде дийқаншылық етип, мийнетлериниң жемислерин көрмекте. Атап айтқанда С.Юлдашев, Д. Юсупов ҳәм С. Алламуратовлар өзлерине ажыратылған жерлерге мәш өними менен бирге, гешир, қаўын, ғарбыз, палаўқабақ сыяқлы палыз өнимлерин егип, писип жетилискен өнимлерди базарға шығарып, дәраматқа ийе болмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги