Шавкат Мирзиёев тәрепинен қол қойылған Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.
Атап өтилиўинше, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў тараўындағы жумысты лицензиялаў бойынша ўәкилликлер Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги арасында бөлистирилетуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ, Нызам менен бир қатарда нызам ҳүжжетлерине Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң, Спорт министрлигиниң, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң атамалары ҳәм ўәкилликлери, сондай-ақ, Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының атамалары анықластырылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилди.
Буннан тысқары, «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамға орта арнаўлы, профессионал, жоқары билимлендириўди ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўди әмелге асыратуғын мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин сыртқы баҳалаўдың жаңа системасы енгизилиўин, кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаўды нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги