Бүгин Венгрия пайтахты Будапешт қаласында 45-Пүткил Жер жүзилик шахмат Олимпиадасының салтанатлы ашылыў салтанатлы болып өтеди.

Оған ерлер топарында 197 , ҳаял-қызлар топарында 184 сайланды команда қатнасады. Бул жарысқа мәмлекетимиздиң еки сайланды командасы да қатнасып, шахмат Олимпиадасының әмелдеги чемпионы есапланған ерлер сайланды командасына 14-жәҳән чемпионы, атақлы гроссмейстер Владимир Крамник устазлық етеди.

Турнир швейцарша форматта 11 тур даўам етеди. Ерлер сайланды командасы қурамынан Нодирбек Абдусатторов, Жавоҳир Синдаров, Нодирбек Якуббоев, Шамсиддин Воҳидов ҳәм Жаҳонгир Ваҳидовлар орын ийелеген болса, ҳаял-қызлар командасында Афруза Ҳамдамова, Нилуфар Якуббаева, Умида Омонова, Маржона Маликова ҳәм Нодира Нодиржоновалар Олимпиада жеңимпазлығы ушын жарысқа түседи.

Жарыс 11-22-сентябрь күнлери аралығында болып өтеди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы