Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев Ҳиндстанның “NatStrat” стратегия ҳәм қәўипсизлик тараўында изертлеўлер бойынша еркин коммерциялық емес орайының кеңесгөйи Шантану Мукержи менен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў даўамында регионаллық қәўипсизлик мәселелери, атап айтқанда, Аўғанстандағы жағдайды тәртипке салыў бойынша мүмкин болған биргеликтеги ҳәрекетлер додаланды.
Ҳиндстан тәрепине Өзбекстанның Аўғанстанда тыныш сиясий процесске жәрдемлесиў бойынша көрип атырған илажлары, сондай-ақ, усы мәмлекетте әмелге асырылып атырған транспорт-коммуникация жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Ш.Мукержи Өзбекстанның Аўғанстанда узақ мүддетли ҳәм турақлы тынышлық орнатыў, оның социаллық-экономикалық инфраструктурасын тиклеўдеги жедел көзқарасын айрықша атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги