Усы жыл 9-сентябрь күни Түркияның Трабзон қаласында Өзбекстанның және бир ҳүрметли консулханасы рәсмий түрде ашылды. Бул ҳаққында Стамбулдағы Бас консулхана баспасөз хызмети хабар берди.

Ҳүрметли консулхана Трабзон ўәлаяты ҳәкимлиги (валилик ) имаратының қарсы алдында жайласқан.

Еслетип өтиўимиз керек, Түркияның Бурса, Адана ҳәм Анталия қалаларында да Өзбекстанның ҳүрметли консулханалары жумыс алып барады.

Мағлыўмат ушын, ҳүрметли консуллық –бул мәмлекетлер арасындағы саўда, мәдений ҳәм дипломатиялық байланысларды раўажландырыў мақсетинде ашылатуғын ўәкилхана есапланады,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

                                                                  Қарақалпақстан хабар агентлиги