Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри баспасөз хызмети мәлимлемесине бола, Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Баҳромжон Алойев Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша Ислам шөлкеми Бас директоры Берик Арин менен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиўде Б.Арин Ташкентте «Теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлердиң азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлери» халықаралық форумының өткерилиўин жоқары баҳалады. Ол усы форум азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўдың әҳмийетли мәселелерин додалаў ушын әҳмийетли майданға айланғанын айрықша атап өтти.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша Ислам шөлкеми арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў перспективаларын, сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканиятларын додалады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги