6-сентябрь күни «Исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыўда жер ресурсларының инвестициялық имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын мүлк ҳуқықы яки ижара ҳуқықы тийкарында, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижара ҳуқықы тийкарында сатып алыў баҳасын төмендеги шәртлерде ҳәр айда теңдей үлеслерде, қалдық суммаға Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында процент есапланған ҳалда бөлип-бөлип төлеўге рухсат бериледи:

-Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаятлар орайларында – 3 жыл даўамында кеминде 35 процент муғдарында дәслепки төлемди 15 жумыс күнинде әмелге асырыў шәрти менен;

-басқа елатлы пунктлер 5 жыл даўамында, 4- ҳәм 5- категориялардағы районларда болса 10 жыл даўамында кеминде 15 процент муғдарында дәслепки төлемди 15 жумыс күнинде әмелге асырыў шәрти менен.

Сондай-ақ, барлық түрдеги жер участкаларының баҳасы 15 жумыс күнинде толық төленген ўақытта, жәми суммаға салыстырғанда 20 процент шегирме бериледи.

Орынлардағы ҳәкимликлерге санаат зоналары, елатлы пунктлер аймақларының бөлимлери, атап айтқанда, жаңадан қурылатуғын көп квартиралы ҳәм жеке тәртиптеги турақ жай массивлери, саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплекслери аймақларын қала қурылысы тәрепинен режелестириў жумысларына белгиленген шәртлерге муўапық жойбар шөлкемлерин ең жақсы усынысларды танлаў тийкарында кеңнен тартыў ҳуқықы бериледи.

ӨзА