Россия Федерациясы ҳүкимети баслығы Михаил Мишустин 9-сентябрь күни мәмлекетимизге келди.

Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа рәсмийлер күтип алды.

Сапар бағдарламасына бола, Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги биргеликтеги комиссияның гезектеги мәжилиси өткериледи.
Сондай-ақ, Ташкент қаласындағы ислеп шығарыў ҳәм санаат кәрханалары жумысы менен жақыннан танысыў ҳәм басқа объектлерге барыўы нәзерде тутылған.

ӨзА