Президентимиздиң 2024-жыл 5-апрелдеги «Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында» ғы қарары тийкарында   “Е-аuksion” электрон саўда  платформасы арқалы жумыссыз  жасларға егислик жер майданлары ажыратылып, бул бойынша көплеген жаслар жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланып, дийқаншылық пенен шуғылланбақта. 30 жылға ижараға берилетуғын жерлерден  жаслар арттырылған салықлардан азат болған ҳалда дийқаншылық пенен шуғылланып, олардың бәнтлиги тәмийинленеди. Бул бағдарда жумыс алып барып атырған жаслар республикамызда көпшиликти қурайды ҳәм олардың жетистирип атырған өнимлери көз қуўандырмақта.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Мақсетбаев  Елликқала районындағы «Думанқала» мәҳәллесине барып, жер алған жаслар менен ушырасты. Бул мәҳәлледе жәми 18 жасқа 30 жыл мүддетке 9 гектар жер майданлары ажыратып берилген. Бул арқалы жаслар палыз егинлерин егип, мол өним алмақта.

-Олардың арасында Муборак Атаханов айрықша итибарымды тартты. Себеби, ол өзине ажыратылған 30 сотих жер майданынан үнемли пайдаланып,  пайдаланылмай турған жерди өз мийнетиниң арқасында егислик майданға айландырған ҳәм онда ғарбыз жетистирип, базарға алып шықпастан атыз басында дәраматқа ийе болмақта,-дейди П.Мақсетбаев.

«Жас келсе иске» дегениндей елимиздеги жасларға жаратылып атырған имканиятлардан орынлы пайдаланып, жаслық жигер менен мийнеттиң көзин таўып, жемисин көрип атырған Муборактиң қуўанышы шексиз.

– Президентимиз тәрепинен жаратылған бул имканиятлар биз жасларға күш-жигер бағышламақта. Тек ғана мийнет етиўге еринбей, жерге меҳир бериў керек.  Атыздан таза үзилген ғарбызларыма қарыйдарлар жүдә көп, салмағы 25 кг шығатуғын ғарбызларды да сатқан ўақытларым болды, — дейди Муборак.

Мийнеттиң арқасында атыздан мол өним алып атырған жас дийқан шаңарағын дәрамат пенен тәмийинлеўи менен бирге ел-халқымыздың дастурханына палыз өнимлерин жеткерип бермекте.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги