Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды. Дәслеп «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, усы нызам жойбары менен Омбудсман жумысының институционаллық тийкарлары жетилистирилип, оның инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине әмел етилиўин тәмийинлеў бағдарындағы ўәкилликлерин кеңейтиўге қаратылған пүткиллей жаңа ҳуқықлар белгилеп қойылмақта.

Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (омбудсман) институтының инсан ҳуқықлары бойынша миллий институт сыпатындағы әҳмийети арттырылып, тараўға байланыслы ҳуқықлары және де кеңейтилмекте. Атап айтқанда, Омбудсман жумысында инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар, соның ишинде, Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы), Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы менен бирге ислесиўи анықластырылмақта.

Додалаўлар даўамында фракция ағзалары нызам жойбарының әҳмийети ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди. Жойбардың қабыл етилиўи Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (омбудсман) институтының ҳуқықлары кеңейтилиўине ҳәм миннетлемелериниң анықластырылыўына хызмет етеди.

М.Комилова,

ӨзА