Быйылғы жылдың 19-август күни Президент басшылығында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша өткерилген мәжилисте Қарақалпақстан халқын разы етиў, турмысын жақсылаў, инсан қәдирин улығлаў бойынша аймақ басшылығында басламашылық жетиспей атырғаны, район ҳәкимлери болса буған жуўапкершиликсизлик пенен қатнас жасап атырғаны көрсетип өтилген еди.

Қарақалпақстанның имканиятларын толық иске қосыў мақсетинде аймақты раўажландырыў бойынша берилген тапсырмалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен қадағалаў Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева ҳәм президенттиң Аралбойы регионын турақлы раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи Турсынхан Худайбергеновқа жүкленген еди.

Саида Мирзиёева тапсырмалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасының социаллық турмысы төмен  районларына барып, ол жердеги жағдайларды үйренди, деп мәлимлеме береди хс.уз

«Кеше Қарақалпақстан Республикасында социаллық  жағдайы төмен районларына бардық ҳәм орынлардағы жағдайды үйрендик.

Усы аймақларда жасап атырған халықтың турмысын жақсылаў, олар ушын мүнәсип шараят жаратыў бағдарында исленетуғын жумыслар еле көп», дейди Саида Мирзиёева.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги