Xожели районындағы 3-санлы арнаўлы мектеп интернатында айрықша билимлендириўге мүтәжликлери болған денсаўлығында аўыр дәрежедеги нуқсаны бар балалар ушын қысқа мүддетли «Ғамқорлық» топары өз жумысын баслады.

Бул топарға 3 жастан 7 жасқа шекемги қәнигелестирилген арнаўлы билимлендириў мәкемелерине қамтып алынған балалар қабыл етиледи. Олар тәжирийбели қәнигелер тәрепинен тәрбияланады ҳәм балалардың жәмийетке бейимлесиўине жәрдем бериледи.

Бундай топардың ашылыўы биринши гезекте ата-аналарға бир неше қолайлықлар жаратады. Себеби олар майыплығы болған перзентлерин шөлкемлестирилген топарларға алып келип, жумыс ислеп шаңарағына дәрамат киргизиўине шараят жарататуғын болса, екинши жағынан перзентлери исенимли қолларда болады.

Бул инсан қәдири ҳәмме нәрседен үстин туратуғын мәмлекетимизде балаларға деген ғамқорлықтың және бир көриниси есапланады.

Усындай «Ғамқорлық» топарын алдағы ўақытлары басқа жерлерде де   ашыў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги