Өзбекстан мәденият министри, халық артисти Озодбек Назарбеков Қазақстан Республикасының екинши дәрежели «Достық» («Дослық») ордени менен сыйлықланды. Сыйлықты Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тўқаевтың атынан усы мәмлекеттиң елимиздеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбит Атамқулов тапсырды.

Қазақстан елшиханасы баспасөз хызметиниң хабарына бола, О.Назарбеков Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы мәдений байланысларды және де раўажландырыўға қосқан үлеси ушын сыйлықланған.

Өз гезегинде, Өзбекстан мәденият министри Қазақстанның мәмлекетлик сыйлығын алыў мақтаныш екенин, бул итибар еки дос халық арасындағы дослықты және де беккемлеўге хызмет ететуғынын айтқан, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қазақстан елшиси Бейбит Атамқулов, сондай-ақ, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййидке президент Қ.Тўқаевтың пәрманы менен «Ҳүрмет» орденин тапсырған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги