Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-сентябрь күни Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросының ағзасы, Тяньцзинь қаласы партия комитетиниң хаткери Чэнь Миньэр басшылығындағы  Қытай Халық Республикасы делегациясын қабыл етти.

Ушырасыў басында Чэнь Миньэр мәмлекетимиз басшысына Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Жоқары дәрежедеги  келисимлерге муўапық Өзбекстан менен Қытай арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў ҳәм әмелий шерикликти, әсиресе, жедел аймақлараралық сөйлесиў шеңберинде және де тереңлестириў мәселелери додаланды.

Кейинги жылларда Өзбекстан-Қытай дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тяньцзинь қаласының жетекши компаниялары менен саўда, санаат, «жасыл» энергетика, қурылыс ҳәм инфраструктураны модернизациялаў, аўыл хожалығы, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм басқа тараўларда кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Инновациялар, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында алмасыў бағдарламаларын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан аймақлары ҳәм Тяньцзинь қаласы арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў бойынша «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

ӨзА