Кеше Ташкент қаласындағы Бунёдкор стадионында футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы 2026-жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионатының 3-таңлап алыў басқышының 1-турында Арқа Кореяға қарсы ойын өткерди.
Ушырасыўдың биринши таймында еки команда да бир қатар ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин 20-минутта Жалолиддин Машарипов Шерзод Насруллаевтың шеп қапталдан узатқан пасын голға айландырыўға еристи.
Буннан соң арқа кореялылар да тез-тез қәўипли ҳүжимлерге өте баслады ҳәм усындай ҳүжимлердиң биринде командамыз футболшысы Адилжан Ҳамрабеков қарсылас команда ҳүжимшисин қопаллық пенен тоқтатып қалды.
Өз дәрўазасына белгиленген пенальтиди болса, сайланды команда дәрўазаманы Ўткир Юсупов исенимли түрде иркип қалды.
Ушырасыўдың екинши таймында қарсылас команда ағзалары көбирек үстинликке ийе болды. Бирақ, бул ҳүжимлердиң ҳеш қайсысы да гол менен жуўмақланбады. Солай етип, Өзбекстан сайланды командасы биринши турды жеңис пенен баслап, 3 упайды қолға киргизди.
Сондай-ақ, усы күни бул топарда биринши тур шеңберинде бир қатар ушырасыўлар болып өтип, олардың биринде Иран Қырғыз Республикасы футболшыларын 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Ал, Қатар ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сайланды командалары арасында өткерилген ойында, мийманлар майдан ийелерин 1:3 есабында жеңип, биринши тур жуўмағына бола топар жетекшисине айланып алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы