ФАО менен стратегиялық шериклик бойынша узақ мүддетли бағдарлама қабыл етиў зәрүр екенлиги атап өтилди

171

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-сентябрь күни БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы (ФАО) бас директоры Цюй Дунъюйди қабыллады.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми системасындағы абырайлы тармақ структурасының басшысы усы күнлерде Ташкент қаласында өткерилип атырған Теңизге шығыў имканияты болмаған мәмлекетлер азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша халықаралық форум шеңберинде мәмлекетимизде болмақта.

Ушырасыў алдында БМШтың жоқары мәртебели ўәкили дүньяның 30 дан аслам мәмлекетинен абырайлы делегациялар қатнасып атырған форумды табыслы өткериўди қоллап-қуўатлағаны ушын мәмлекетимиз басшысына терең миннетдаршылық билдирди.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм ФАО арасындағы заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели илаж көриў бағдарындағы стратегиялық шерикликти және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

Соңғы жыллары әмелий бирге ислесиўде ерисилген пайдалы нәтийжелер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Атап айтқанда, 2025-жылға шекемги дәўирде бирге ислесиў бойынша мәмлекетлик бағдарламаны орынлаўдың сапа көрсеткишлери еки есеге жақсыланды. Ҳәзирги күнде 34 жойбар жедел әмелге асырылмақта. Өткен бир жыл ишинде дийқаншылық, мектеплерде аўқатланыў, ветеринария, агрохимия ҳәм басқа да тараўларда 7 жаңа жойбар иске қосылды.

Жаңа бес жыллық шериклик бағдарламасын таярлаў ҳәм қабыллаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Агросанаат комплексин санластырыў, алдыңғы билим ҳәм тәжирийбе алмасыў, жер фонды өнимдарлығын арттырыў, органикалық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў, суўғарыў системаларын модернизациялаў, заманагөй кластерлер ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў бойынша перспективалы биргеликтеги жойбарлар ҳәм илажларға айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы глобал ҳәм регионаллық жағдай бойынша да пикир алысылды.

ӨзА