Қарақалпақстан медицина институты клиникасында республикамыздағы наўқас балаларды емлеўде ҳәм қурамалы операцияларды әмелге асырыўда жақсы имканиятлар жаратылмақта. Ташкент медицина Академиясы менен дүзилген шәртнама тийкарында ҳәзирги ўақытлары клиникада операциялар бийпул әмелге асырылмақта.
Бурын республикамызда туўма қулақ, мурын, тамақ кеселликлери менен аўырған балаларға операция ислеў имканияты болмағанлықтан наўқаслар Ташкент қаласына барыўы зәрүр еди. Мәмлекетимизде халықтың саламатлығын қорғаўға итибар, әсиресе социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерине көрсетилип атырған медициналық жәрдемлер ата-аналар ҳәм балаларға қуўаныш бағышламақта.
«Өзбекстан ерин ҳǝм таңлай жарығы» жǝмийетиниң бир топар ағзалары, Ташкент қаласындағы Чинор медицина орайының жәрдеминде Ғǝрезсизлигимиздиң 33 жыллығы мүнǝсибети менен Нөкис қаласында 31-август сǝнесинен 3-сентябрь сǝнесине шекем “Балалар күлкиси” қайырқомлық акциясы ǝмелге асырылды.
Қайырқомлық акциясы Ташкент медицина академиясы доценти М. Жафаров ҳǝм оның командасы тәрепинен шөлкемлестирилди ҳәм байрам күнлери өзлериниң бийбаҳа ўақтын ҳәм жоқары медицина хызметин Қарақалпақстан балаларына арнады.
-Бул жердеги соцаллық жәрдемге мүтәж кем тәмийинленген шаңарақлардың наўқас перзентлерин, яғный жоқары ернинде кемислиги болған таңлайында жарығы болған наўқаслар, туўма нуқсаны болған наўқаслар ҳәм күйгеннен кейинги терисиндеги зыян көрген жерлерин операция ислеўди режелестирдик. Буның ушын 50 ге шамалас наўқас баланы медициналық тексериўден өткерип, 19 ын операция ушын ажыратып алдық,-дейди ташкентли шыпакер М.Жафаров.
Оларға бийпул жоқары технологиялық хирургиялық операциялар ǝмелге асырылып, балаларға ҳәм олардың ата-аналарына қуўаныш бағышлады.
-Перзентим туўма кеселлик пенен аўырғанлығы себепли ол туўылғанлы берли Ташкент қаласына барып емлетип киятыр едик. Мине, ҳәзир республикамызда жақсы имканиятлар жаратылып, баламды усы жерде Ташкент қаласынан келген шыпакерлер операция ислеп, емлемекте. Шыпакерлерге миннетдаршылығым шексиз,-дейди қоңыратлы Н.Нурымбетова.
Акция шеңберинде тǝжирийбели хирург шыпакерлер Қарақалпақстан медицина нститутының жас шыпакерлерине мастер класс (тǝжирийбе сабағы) операцияларын көрсетти ҳǝм алдағы ўақытлары бирге ислесиў бойынша келисип алынды.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги