Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында комиссияның гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Камалов ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилисте бир мандатлы сайлаў округлери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслери депутатлары сайлаўына байланыслы сайлаў бюллетениниң формасы, тексти ҳәм сыпатламасын, сондай-ақ, сайлаў комиссияларының даўысларды санап шығыў нәтийжелери ҳаққындағы протоколларының формасы ҳәм текстин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы Б.Исмаилов баянат жасады.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары сайлаўына тийисли сайлаў бюллетениниң формасы ҳәм тексти Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланады.
Атап айтатуғын болсақ, сайлаў бюллетенине депутатлыққа талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты сайлаў бюллетенине оның туўылған жылы ҳәм оны талабан етип усынған сиясий партия көрсетилген ҳалда, әлипбе тәртибинде киргизиледи. Сайлаў бюллетеньлери мәмлекетлик тилде, соның менен бирге, районлық, қалалық сайлаў комиссиясының қарарына муўапық, тийисли аймақ халқының көпшилиги сөйлесетуғын тиллерде басып шығарылады.
Сондай-ақ, мәжилисте Сайлаў бюллетенинде оны толтырыў тәртиби ҳаққындағы түсиндирме болыўы кереклиги атап өтилди. Егер, зәрүрлик болса сайлаў бюллетеньлерин Брайль әлипбеси тийкарында толтырыў ушын трафаретлер таярланыўы мүмкин.
Комиссия ағзаларының өз-ара пикир алысыўларынан соң, мәжилисте сайлаў бюллетениниң формасы ҳәм текстин тастыйықлаў ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Соның менен бирге, мәжилис даўамында календарьлық режеге муўапық сайлаўға таярлық көриў бағдарындағы әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы