Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында электротехника тараўында өндирис, экспорт ҳәм инвестицияларды көбейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Мәжилис соңында мәмлекетимиз басшысы тараў ўәкиллери ҳәм исбилерменлери менен сөйлесип, олардың машқалалары ҳәм усынысларын тыңлады. Сондай-ақ, сөйлесиўде:
– санаат электротехника өнимлерин лизинг тийкарында сатыў системасын енгизиў;
– жыллық экспорты 50 миллион доллардан көп болған кәрханаларға айланыс қаржы ушын берилетуғын кредит муғдарын арттырыў;
– пайда салығын есаплаўда кәрханалардың илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларына жумсалған қәрежетин шегириў системасын жетилистириў;
– автомобиль аккумуляторы шығындысын утилизациялаў системасын енгизиў;
– жаңа жойбарларды әмелге асырыўда заманагөй үскене сатып алыўға қаратылған қаржының бир бөлегин пайда салығы базасынан шегириў сыяқлы пикир-усыныслар билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы тийисли министрлик ҳәм уйымларға айтылған пикир ҳәм мәселелерди пухта үйренип, тийисли ҳүжжетлер жойбарларын киргизиў бойынша тапсырма берди.
Мәжилис даўамында тармақ ҳәм аймақлар басшыларының есабатлары тыңланды.
ӨзА