Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында электротехника тараўында өндирис, экспорт ҳәм инвестицияларды көбейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Мәмлекетлик инвестиция бағдарламалары ҳәм ири жойбарларда жергиликли өнимлердиң үлесин көбейтиў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Мысалы, энергетикада жеке меншик шериклик жойбарларында жергиликли товарлардың үлесин 25 процентке, кабель-өткизгишлерде болса 70 процентке жеткериў бойынша келисимлерге ерисилген. Басқа тармақларда да усындай шәртлерди келисип алыў тапсырылды.
Онда, «Өзэлтехсанаат» аўқамы, ўәлаят ҳәкимлери буйыртпаларын кәрханаларға жайластырады, тийисли тармақлардың басшылары болса жергиликли кәрханаларға өз талапларын жеткерип, оларды стандартларға бейимлестириў ҳәм сертификат алыўда жәрдемлеседи.
Улыўма, быйылғы жылы электротехника тараўында өндиристи 40 триллион сумға жеткериў зәрүрлиги атап өтилди.
ӨзА