Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында электротехника тараўында өндирис, экспорт ҳәм инвестицияларды көбейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Ҳәзирги күнде энергетика, қурылыс, суў хожалығы, автомобиль қурылысында электротехника өнимлерине талап күн сайын артып бармақта.
Мысалы, энергетика тараўында 36 миллиард долларлық 27 гигаватт электр энергия ислеп шығарыў жойбарлары әмелге асырылмақта.
Кейинги үш жылда суў қурылмасы, магистраль тармақ ҳәм бөлистириў орынларына 4 мың 150 суў есаплағыш орнатыў, 2026-жылға шекем 243 газ бөлистириў пунктлерин жаңалаў ўазыйпасы турыпты.
Жылына қурылып атырған 100 мың квартиралы көп қабатлы турақ жай ҳәм 13 миллион квадрат турақ жай емес имаратлар ушын да кабель, трансформатор, ысытыў ҳәм суўытыў системалары, насос, лифт бақлаў қураллары, электр ҳәм газ есаплағышлар керек.
Автомобиль санаатында ҳәр жылы 200 миллион доллардан аслам электротехника өними импорт болмақта.
Бул тармақлардың барлығы мәмлекеттен жеңиллик ҳәм арзан пуллар алып атырғанына итибар қаратып, Президент жуўапкерлердиң «жергиликли өнимлер бизиң талапқа жуўап бермейди, импорт етиўге мәжбүрмен» деген сылтаўы ендигиден былай өтпейтуғынлығын атап өтти.
ӨзА