Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында электротехника тараўында өндирис, экспорт ҳәм инвестицияларды көбейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Мәмлекетимиз электротехника экспортының төрттен бирин мыс сым ҳәм пруток сыяқлы қосымша қуны төмен товарлар қурап атырғаны атап өтилди.
Бизлердеги кабельлердиң 80 проценти қурылыс ҳәм турмыслық мақсетлерде жумсалып атыр. Автомобиль санааты ушын талап жоқары болған кабельлер ислеп шығарыўшы кәрханаларымыз төртеўди ғана қурайды.
Усы мүнәсибет пенен буннан соң электротехника тараўындағы технопарклер түрлес тараўлардағы кәрханалар менен санаат кооперациясы тийкарында раўажландырылыўы белгиленген.
Буның ушын Аҳангарон, Ферғана, Қаршы ҳәм Үргенш қалаларындағы технопарклерде композит материаллар, металл ҳәм пластмассаны қайта ислеў, қәлиплер ислеп шығарыў, қадақлаў сыяқлы түрлес тараў кәрханаларына 10 гектарға шекем орын ажыратылады.
Жуўапкерлерге анық жойбарлар ушын таяр имарат қурып, санаат ипотекасы шәртлеринде исбилерменлерге бериў тапсырылды. Бул кәрханаларға электротехника кәрханалары сыяқлы мүлк ҳәм пайда салығынан 50 процентке шекем жеңиллик бериледи.
Улыўма, быйылғы жылы терең қайта исленген мыс өнимлериниң үлесин 60 процентке, келеси жылы 75 процентке алып шығыў, 1тонна мыстан қосымша қунды 1 мың долларға жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА