Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында электротехника тараўында өндирис, экспорт ҳәм инвестицияларды көбейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Президентимиз электротехника экспорты 1 миллиард долларға жеткенин, тоқымашылықтан кейинги екинши жергиликли санаат тармағына айланғанын атап өтти.
Бирақ, соның менен бирге смарт карта, генератор, телекоммуникация қуралы, жумыс орны техникасы сыяқлы және бир қатар электротехника өнимлерин өзимизде ислеп шығарыў имканияты бар екенлиги көрсетип өтилди.
Регионымыздағы 5 миллиард долларлық базар имканиятларынан толық пайданылмай атыр.
Президент барлық мәмлекетлер ишки базарының қорғалыўына айрықша кирискен шараятта бирден-бир жолымыз-сапаны тәмийинлеў ҳәм өзине түсер баҳасын түсириў арқалы өнимимиздиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў екенин атап өтти.
Оған тармақтағы қосымша қун шынжырын кеңейтиў арқалы ерисиў мүмкин.