Өзбекстан Республикасындағы меншик кәрханалардың саны жағынан бөлистирилиўи қандай екенлиги белгиленген. Бул ҳаққында Статистика агентлиги хабар берди.
Хабар етилгениндей, 2024-жылдың 1-август жағдайына мәмлекетимизде 55 мың 564 жеке меншик кәрханалар жумыс алып бармақта. Ең көп мәмлекетлик емес сектордағы кәрханалар күтилгениндей Ташкент қаласында жайласқан.
Олардың аймақлар кесиминдеги саны төмендегише:
1) Ташкент қаласында – 7 331
2) Қашқадәрья ўәлаятында – 6 536
3) Ферғана ўәлаятында – 6 132
4) Сурхандәрья ўәлаятында – 5 007
5) Самарқанд ўәлаятында – 4 821
6) Хорезм ўәлаятында – 4 470
7) Наўайы ўәлаятында – 4 121
8) Наманган ўәлаятында – 3 453
9) Ташкент ўәлаятында – 3 445
10) Бухара ўәлаятында – 2 561
11) Жиззақ ўәлаятында – 2 484
12) Қарақалпақстан Республикасында – 2 119
13) Әндижан ўәлаятында -2 083
14) Сырдәрья ўәлаятында – 1 001,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайтында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги