Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

«Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге бола, мәмлекетлик жәрдем берилиўине байланыслы нормативлик-хуқықый ҳүжжетлер жойбарларын усы комитет пенен келисиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилди.

Буннан тысқары «Бәсеки ҳаққында»ғы Нызамға өзгерислер киргизилип, оған муўапық  хожалық жүргизиўши субъект қайсы жумыс түрине тийкарланып тәбийғый монополия субъектлерине киргизилсе, усы жумыс түри оның тийкарғы жумыс түри есапланады.

Жазалар  системасын  либералластырыў мақсетинде бәсеки ҳаққындағы нызамшылықтың экономикалық жақтан төмен тәсир дәрежесине ийе болған бузылыўды биринши мәрте жүз берген хожалық жүргизиўши субъектлерге қаржылай санкциялар тәризиндеги жуўапкершилик илажлары қолланылмайтуғыны нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилди.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди

ӨзА